Category Archives: Qaraqalpaqsha
Mac OS ушын қарақалпақша раскладка
Macintosh (Mac OS ямаса OS X) операцион системаны пайдаланыўшылар төмендеги раскладканы ислетиў арқалы қарақалпақша шрифтте (кирилл) жазыўы мүмкиншилиги бар. Бул раскладка инглиз тилдеги ‘qwerty’ раскладка тийкарланған болып, көбирек инглизше териўге үйренгенлер ушын қолайластырылған. Яғный, латын ҳәриплерди терсеңиз, кириллдеги жазыўы экранға басып … Continue reading
Атам Әжибай Муртазаев ҳаққында
Кеше 5-май атам (әкемниң әкеси) Әжибай Муртазаевның туўылған күнине арнап, журналист Шарап Уснатдиновтың “Кимге кеш, кимге тәң сәҳәр..” китабынан атам ҳаққындағы үзиндини блогыма жайластырып атырман.
________________________________________________________________________________________________
“Еркин Қарақалпақстан” газетасының басып өткен 75 жыллық өмири даўамында журналистлердиң бирнеше әўлады өтти. Олардың ишинде изсиз умытылып кеткенлери де, қарақалпақ журналистикасының қәлиплесиўине ҳәм жәмийетлик турмысқа үлес қосып кеткенлери де баршылық.
Мен газетаға тири адамларға қолланатуғын «өмир» деген сөзди пайдаланғанымның себеби, бул газета өзи пайда болған күннен баслап 75 жыл даўамында бир мәртебе тоқтап, жабылып қалған емес. Оның «тамырында» қан айланысы үзилиске түскен жоқ…
Журналистика тараўында үзликсиз 27 жылдан аслам ўақыт мийнет еткен болсам, соның тең жартысы усы газета редакциясында болды. Көп ғана талантлы адамлар менен ислестим. Олардың жарқын келбетлери кеўилде қалды. Сонлықтан да, олардың бир қатарын байрам алды еске түсиргенди мақул көрдим. Continue reading
Хан академиясы
Салман Хан деген атты еситкениңизде ким биринши болып ойыңызға келеди? Бул жердеги Салман Хан сиз билген танықлы хинд актеры емес, ал «Хан академиясы»на тийкар салған америкалы билим бериўши (educator) энтузиаст-волонтер жигит ҳәм оның проекти ҳаққында гәп кетеди. «Хан академиясы» өз … Continue reading
Қарақалпақ тилиниң ески латын жазыўы
Ҳәзирги ўақытта қарақалпақ жазыўы латын жазыўына тийкарланып, оннан алдын кирилл жазыўы қолланылғанынан баршениң хабары бар. Ал кирилл жазыўынан алдын қандай жазыў қолланылған? Атақлы шайырларымыз (Бердақ, Күнхожа, Әжинияз) жасаған дәўирлеринде араб жазыўынан пайдаланылған ҳәм араб жазыўы 1928-жылға шекем қолланылып келген. Ал … Continue reading
«Алты қол-алысыў» теориясы ямаса «Қандай кишкене дүнья»
Көшеде кетип баратырсыз дейлик, қарама-қарсы тәрептен киятырған адамның сизиң танысыңыздың танысы болыў итималлығы қанша? Ямаса, бир бийтаныс адам менен танысқанда ол сизиң басқа бир танысларыңыз билетуғын адамы болып шығып, «Қандай кишкене дүнья» («Как тесен мир») деп айтқан ўақытларыңыз болғанба? 1929-жылы … Continue reading