Ҳәзирги ўақытта қарақалпақ жазыўы латын жазыўына тийкарланып, оннан алдын кирилл жазыўы қолланылғанынан баршениң хабары бар. Ал кирилл жазыўынан алдын қандай жазыў қолланылған? Атақлы шайырларымыз (Бердақ, Күнхожа, Әжинияз) жасаған дәўирлеринде араб жазыўынан пайдаланылған ҳәм араб жазыўы 1928-жылға шекем қолланылып келген. Ал қарақалпақ тили кирилл жазыўына 1940-жылы өткен екен. Бирақ сол араб жазыўынан кейин кирилл жазыўына өтпестен алдын қысқа дәўир аралығында (1928-1940 жж) латын графикасы қолланылған екен. Ол жазыў ҳәзирги латин графикасынан қаншелли парқ қылады?
Жақында Нөкисте Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети жанында жайласқан «Бердақ Миллий Музейи»не барып, көргезбелерди бир қатар көрип атырғанымда мына китапқа көзим түсти:
Бул алфавит бир көринисте көзге қолайсыз болып көриниўи мүмкин, себеби бул текстте биз үйренискен латын ҳәриплеринен тысқары базыбир кирилл ҳәриплери (‘ө’, ‘ә’, ‘ь’, ‘й’), базы түрк алфавитинен алынған ҳәриплер (‘ç’, ‘ş’), ҳәм бизге таныс болмаған ҳәриплерде (‘ƣ’, ‘n̡’) ислетилген.
Бул китап 1928-1940 жыллар арасында басып шығарылған деген ойға келиўимиз мүмкин. Сол дәўирлерде жасаған ата-бабаларымызға 12 жыл ишинде биринши, араб жазыўынан латынға, оннан кейин латыннан кириллге өтиўи қыйын болған болса керек. Ҳәзирдиң өзинде Совет дәўиринде тәлим алған базы жасы үлкен аға-апаларымыз ушын латын жазыўы еле жат болып көринеди.
Дереклер ҳәм пайдалы силтемелер:
Men mina latin tilin oqiy aladi ekenmen, yagniy magan onsha qiyin bolmadi tusinip aliwim.
PS; Balkim yadtan bilgenge shigar 🙂
Awa, azmas ko’zdi u’yretse onsha qiyin bolmaydi tu’siniw 🙂