«Алты қол-алысыў» теориясы ямаса «Қандай кишкене дүнья»

Көшеде кетип баратырсыз дейлик, қарама-қарсы тәрептен киятырған адамның сизиң танысыңыздың танысы болыў итималлығы қанша? Ямаса, бир бийтаныс адам менен танысқанда ол сизиң басқа бир танысларыңыз билетуғын адамы болып шығып, «Қандай кишкене дүнья» («Как тесен мир») деп айтқан ўақытларыңыз болғанба?

1929-жылы жазыўшы-фантаст Фридреш Каринти «Алты қол-алысыў» теориясын алға сүрген еди. Жазыўшының пикиринше, әлемниң кишкенелиги соншелли, дүньядағы еки бийтаныс адам бир-бирин бирнеше таныслар арқалы таныйды, яғный бес яки алты қол-алысыў арқалы басқа бир қәлеген адам менен байланысыў мүмкин екен. 1960-жыллары америкалық психологлар Стенли Милгрэм ҳәм Джефри Треверслар бул теорияның әмелде туўры келетуғынын өз изертлеўлери арқалы көрсетип берген. Буны көрсетиў ушын АҚШтың еки кишкене қаласында эксперимент өткизилген екен. Бул эксперимент бойынша қалалар жасаўшыларына бир адамға жетип барыў керек болған 300 конверт берилген ҳәмде эксперименттиң бир шәрти конверт тек өзиниң ағайини яки таныслары арқалы бир-бирине берилиў керек болған. Нәтийжеде, адресатқа 60 конверт жетип барған ҳәм есаплаўларға көре ҳәр бир конверт орташа бес ҳәм алты аралығындағы адам қолы арқалы өткен екен.

Ҳәзирги глобалласқан ҳәмде цифрласқан дүньяда, электрон почта, форум, социал тармақлар кең пайдаланылған дәўирде бул байланыстың жәнеде күшли екенин аңлаў қыйын емес. Бундай байланысты изертлейтуғын алымларға социал тармақлар жүдә қолай инструмент бола алады. Милан Университети алымлары веб-алгоритмлар лабораториясында Facebook социал тармақ арқалы «Алты қол-алысыў» теориясының тек ҳақыйқатлығын ғана емес, ал байланыстың оннанда күшли екенин көрсетип бере алды. Олар Facebook тиң 721 миллион актив пайдаланыўшылары арасындағы байланысларды анализ қылып, байланыслар саны 69 миллиардты қураған. Есаплаўлар нәтийжесинде, Facebook тармағының пайдаланыўшылары орташа бир-бири менен 4,74 пайдаланыўшылар арқалы байланысқаны анықластырылған. Ал егер пайдаланыўшылар бир мәмлекеттен болса, «қол алысыўлар» саны үш-төртти қураған.

Қызық, Нөкисте адамлар күшли социалласқанын есапқа алып, еки бийтаныс арасындағы бул байланыс жәнеде аз болса керек.

 
Дереклер:
This entry was posted in Qaraqalpaqsha. Bookmark the permalink.

2 Responses to «Алты қол-алысыў» теориясы ямаса «Қандай кишкене дүнья»

  1. Pishen says:

    Aljaspasam 2011 jili Rus kino rejissyorlari tarepinen “Elka-2” atli kino suwretke alinadi. Sol kinonin iwindede usi 6 kol alisiw teoriyasi bar. Wakiyaga kore Balalar uindegi kizdin jana jil tilegin Prezident Medvedov ekran arkali putkil Rossiaga jetkiziwi kerek edi. Wakiyanin rawajlaniwi sonwelli kizik, 6 adam Medvedovke jetkizgen apiwayi Kremldegi Krasnaya plowadti sipirip jurgen sipsekew bolip wikti.

    • muraziz says:

      Awa, duris, sol kinonin’ stsenariyasi usi teoriyag’a baylanistirg’an. Bul maqalani jazg’anda ol kinoni ko’rmegen edim ele. Usi maqalani oqig’an bir bala mag’an sol kinoni ma’slahat etip edi.

Leave a Reply

Fill in your details below or click an icon to log in:

WordPress.com Logo

You are commenting using your WordPress.com account. Log Out /  Change )

Facebook photo

You are commenting using your Facebook account. Log Out /  Change )

Connecting to %s