Хан академиясы

Салман Хан деген атты еситкениңизде ким биринши болып ойыңызға келеди? Бул жердеги Салман Хан сиз билген танықлы хинд актеры емес, ал «Хан академиясы»на тийкар салған америкалы билим бериўши (educator) энтузиаст-волонтер жигит ҳәм оның проекти ҳаққында гәп кетеди. «Хан академиясы» өз ишине бир неше академик тараўлар бойынша YouTubeке жайластырылған 2800ден аслам видео-сабақларды алады. Бул видеолардың басым көпшилиги математика ҳәм басқа анық пәнлерди (биология, химия, медицина, физика, астрономия, компьютер илими) өз ишине алып, оннан тысқары тарийх (!), мәденият тарийхы (!) тараўлары бойыншада видео-сабақларды тапса болады. Салман Ханның узақ-мүддетли мақсети «дерлик барлық тараў бойынша онлаған мың видео-сабақлар жаратыў» ҳәмде «ҳәр ким ҳәр нәрсени (пәнди/тараўды) үйрене алатуғын дүньядағы биринши бийпул виртуал мектеп жаратыў». Ҳәзирги күнге келип YouTubeтағы «Хан академия» видеолары жәми 120 миллионнан (!) аслам рет көрилген.

Қысқаша тарийхына нәзер таслайық. Салман Ханның билим дәрежесиниң қандай екенлигин оның оқып питкерген оқыў орынларына ҳәм алған дәрежелерине қарап айдын болады. Массачуссетс Технология Институтынан (MIT) математика бойынша B.S. (Bachelor of Science), электрикалық инжинерия ҳәм компьютер илими бойынша ҳәм B.S. ҳәм M.S., оннан кейин Гарвард Университетинен M.B.A. илимий дәрежелерине ийе. Оқыўын тамамлап болып финанс тараўында хедж-фонд аналитик сыпатында жумыс ислеген.

2004 жылы Салман Хан басқа қалада жасайтуғын, мектепте оқып атырған Надя атлы өз ағайин қарындасына математикадан түсинбей қалған жерлерин интернет арқалы Yahoo Doodle веб-программасынан пайдаланып үйреткен. Бираз ўақыт өткеннен кейин Надя басқа классласларынан әдеўир алға өтип, кейин Салман басқа ағайин инилеринеде үйретип баслаған. Кейин қалалар арасындағы (Салман Бостон қаласында, ал ағайин қарындас, инилери Нью-Орлеанда) ўақыт қашықлығы (time difference) себепли бундай үйретиў усылы қолайсыз болып кетип, Салман оларға қәлеген ўақтында көре алатуғындай қылып видео-сабақлық ислеп оны YouTubeке жайластыра баслаған. Әне усы жерде қызық ҳәдийселер жүз берген. Өз ағайин ини/қарындасларына арнап исленген математика бойынша YouTubeтағы видео-сабақлықларды басқа адамлар интернеттен излеп таўып соннан үйрене баслаған. Ондай адамлар саны барған сайин көбейип, Салман бул исин даўам ете баслаған ҳәм 2006-жылы «Хан академиясы»на тийкар салған. Бастағы ўақытлары жумыстан бос ўақытлары видеоларды ислеген болса, 2009-жылы хедж-фондындағы жумысынан кетип, толық ўақтын «Хан академия»сын кеңейтиў ҳәм раўажландырыўға сарыплай баслаған.

«Хан академиясы»ндағы видеоларда үйретиў усылы жүдә өзгеше. Ҳәр бир видеодағы темалар интуитив жолы менен түсиндирилген ҳәм математика, физикадағы формула, нызам, қағыйдалар тек қандай болыў керек екенлиги емес, ал қалай келип шыққан ҳәм не ушын ондай болыў керек екенликлери де айдын ҳәм түсиникли етип көрсетилген. Видеолардың көпшилиги Салманның өзиниң оқыған тараўлары (математика, анық пәнлер, бизнес)нан болсада, оның одан тысқары тарийх, медицина сыяқлы тараўлардағы видеоларды ислеўи жүдә таң қаларлы. Оның үйретиўге болған өзгеше таланты бар десек адаспаймыз. Оның өзиниң айтыўы бойынша «маған қандай қылып үйретиўди қәлеген болсам, менде басқаларға сондай усыл менен үйретемен» («I teach the way that I wish I was taught»).

Салман бастағы ўақытта өзиниң жыйналған ақшаларын ислетип, проектти жүргизип турған. Кейин бул проект Билл Гейтстың нәзерине түсип, Салманның видеоларын «исенип болмас әжайып» («unbelievable») деп баҳа берген. «Мен өз балларым менен шуғылланғанда «Хан академиясы»нан пайдаланаман» деп айтқан екен Б. Гейтс. 2009-жылы бул проект «Microsoft Tech Award» сыйлығын алған. Ал 2010 жылы Google жәрия еткен ең жақсы идеялар конкурсынан (Google’s Project 10100) жеңип шыққан ҳәмде Google тәрепинен «Хан академиясы»н кеңейтиўге, басқа тиллерге аўдарыўға 2 миллион доллар ажыратылған.

Бул видеолардың қандай екенин бир тил татып көриўиңиз ушын, бир неше тараў бойынша бир-бирден қарап көрсеңиз болады:

Математика:

Геометрия:

Физика:

Финанс:

Экономика:

Тарийх:

Медицина: 

Бул видеолар көпшилик тиллерге аўдарылып басланған, соның ишинде рус тилине аўдарылғаныда бар: Khan Academy Russian. Аўдарманы яки даўыс пенен яки субтитра менен қылса болады. Аўдармаға жәрдем бериўшилер бул силтеме бойынша мағлыўмат тапса болады: Help us translate. Қарақалпақшаға аўдарыўды қәлеўши волонтерлар барма? 🙂

Дереклер:

  1. http://www.khanacademy.org/
  2. http://en.wikipedia.org/wiki/Salman_Khan_(educator)
  3. http://www.khanacademy.org/video/salman-khan-talk-at-ted-2011–from-ted-com?topic=new-and-noteworthy
This entry was posted in Qaraqalpaqsha. Bookmark the permalink.

2 Responses to Хан академиясы

  1. Makhmud says:

    Jaqsi mahala eken. Raxmet Aziz!

  2. muraziz says:

    Arzimaydi Makhmud!

Leave a Reply

Fill in your details below or click an icon to log in:

WordPress.com Logo

You are commenting using your WordPress.com account. Log Out /  Change )

Facebook photo

You are commenting using your Facebook account. Log Out /  Change )

Connecting to %s