Mac OS ушын қарақалпақша раскладка

Macintosh (Mac OS ямаса OS X) операцион системаны пайдаланыўшылар төмендеги раскладканы ислетиў арқалы қарақалпақша шрифтте (кирилл) жазыўы мүмкиншилиги бар.

Бул раскладка инглиз тилдеги ‘qwerty’ раскладка тийкарланған болып, көбирек инглизше териўге үйренгенлер ушын қолайластырылған. Яғный, латын ҳәриплерди терсеңиз, кириллдеги жазыўы экранға басып шығарылады.

Ҳәриплердиң жайласыўын мына сүўретте көриў мүмкин:

qq_layout_mac_1

Қарақалпақ тилиндеги қосымша ҳәриплерди териў ушын ‘option ⌥’ клавишасын басып турып, қосымша ҳәрипке жақын болған ҳәрипти басыў керек. Мысалы, ‘ә’ ҳәрибин басып шығарыў ушын, ‘option ⌥’ ды басып турып, ‘а’ ҳәрибин басыў керек. Соған уқсас рәўиште,
‘ҳ’ -> ‘option ⌥’ + ‘x’,
‘ө’ -> ‘option ⌥’ + ‘о’,
‘ғ’ -> ‘option ⌥’ + ‘г’, ҳәм соған уқсас.

Қосымша ҳәриплердиң жайласыўын төмендеги сүўреттен көриўиңиз мүмкин:

qq_layout_mac_2_mod

Бул раскладканы пайдаланыў ушын төмендеги силтемеге басып, архивты ашыў керек:

qaraqalpaqsha_layout_mac.zip

Архивтың ишинде qaraqalpaqsha_layout.bundle деген файл жайласқан. Сол файлды ‘/Library/Keyboard Layouts’ папкасына көшириў керек. Соннан кейин “System Preferences” ке кирип, төмендеги избе-изликти әмелге асырыў арқалы қарақалпақша раскладка системаңызға қосылады:

1) “Keyboard” қа кирип …

step1

2) “Input Sources” колонкасын сайлап, ‘+’ кнопкасын басып …

step2

3) “Kara-Kalpak (Cyrillic)” дегенди белгилеп, “Add” кнопкасын басыў менен қарақалпақша раскладкадан пайдаланып баслаўыңызға болады:

step3

This entry was posted in Qaraqalpaqsha and tagged , , . Bookmark the permalink.

4 Responses to Mac OS ушын қарақалпақша раскладка

  1. Sultanbek says:

    Берекелле! Молодец!
    В Узбекистане все рады за Вас, а особенно ваши земляки.
    Желаю продолжения в ваших начинаниях и не останавливаться на достигнутом!

  2. Султанбек says:

    Берекелле!
    В Узбекистане многие гордятся Вами, а особенно ваши земляки, коим я и являюсь.
    Вопрос: “А что насчет пользователей Android, но тоже желающих печатать на каракалпакском языке?”
    PS: Желаю продолжения ваших начинаний и не останавливаться на достигнутом!

Leave a Reply

Fill in your details below or click an icon to log in:

WordPress.com Logo

You are commenting using your WordPress.com account. Log Out /  Change )

Facebook photo

You are commenting using your Facebook account. Log Out /  Change )

Connecting to %s